Халық депутатлары Қараөзек районлық Кеӊеси 2-Гулистан сайлаў округинен депутат Н.Тлеумуратов Өзбекстан жаслар ислери агентлиги районлық бөлими ўәкиллери менен биргеликте 16-санлы Балалар музыка ҳәм көркем-өнер мектебинде билим алып атырған оқыўшыларға жаратылып берилген қолайлықлар менен танысты. Буннан соӊ депутат мектепте өткерилген жаӊа жыл байрамы ҳәм есап бериў концертине қатнасты. Бул орында оқыўшылардыӊ ийелеген билим, көнликпелери, өнери менен танысып, жоқары баҳа берди ҳәм алдағы ўақытлары жоқары нәтийжелерге ерисиўине тилеклеслик билдирди.
Сондай-ақ, жыл даўамында белсендилиги менен ҳәр түрли иләжларға қатнасып, жақсы көрсеткишлерге көрсетип киятырған жасларға ҳәм олардыӊ устазларына ҳүрмет жарлықларын тапсырды.