Халық депутатлары Қараөзек районлық Кеӊесине 12-Қаракөл округинен депутат А.Келимбетова ҳәм 13-Қара ағаш округинен депутат М.Гулимбетовлар «Ак.С.Камалов» аўыл пуқаралар жыйынында сайлаўшылар менен ушырасыўы болып ѳтти. Ушырасыўда депутатлар тәрепинен аймақты социал-экономикалық раўажландырыў бойынша мәмлекетлик бағдарламаларда белгиленген ўазыйпалар ҳәм онда әмелге асырылыўы тийис жумыслар таныстырылды. Ушырасыўда аймақ пуқаралары тәрепинен билдирилген мүрәжатлар депутатлар тәрепинен қадғалаўға алынып, тийисли мәмлекетлик уйымларға депутатлық сораўлар жиберилиўи белгиленди.