Халық депутатлары Қараөзек районлық Кеӊесине 14-Бердах округинен депутат С.Сайымованың сайлаўшылар менен ушырасыўы болып ѳтти. Ушырасыўда депутат тәрепинен мәмлекетимизде әмелге асырылып атырылған реформалар барысы, сондай-ақ, жаңадан қабыл етилген нызам ҳәм қарарлар, мәмлекетлик бағдарламалардың әҳмийети, мазмун-мәниси ҳаққында мағлыўмат берилип, бул бағдарда аймақта әмелге асырылатуғын жумыслар ҳаққында мағлыўмат берилди. Сондай-ақ аймақты социал-экономикалық раўажландырыў бойынша мәмлекетлик бағдарламаларда белгиленген ўазыйпалар ҳәм онда әмелге асырылыўы тийис жумыслар таныстырылды. Ушырасыўда аймақ пуқаралары тәрепинен билдирилген мүрәжатлар депутат тәрепинен қадғалаўға алынып, тийисли мәмлекетлик уйымларға депутатлық сораўлар жиберилиўи белгиленди.