❗️ЖОҚАРҒЫ КЕҢЕС ДЕПУТАТЫ САЙЛАЎШЫЛАРҒА ЕСАБАТ БЕРДИ
♻️ Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси тәрепинен тастыйықланған 2025-жыл 27-сентябрьдеги 01-12/08-167-санлы реже-графиги тийкарында
Мойнақ районы "Қазақдәрья" аўыл пуқаралар жыйыны имаратында 65-Мойнақ сайлаў округинен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси депутаты, ӨзХДП фракциясы ағзасы Б.Утамбетованың сайлаўшылар менен ушырасыўы болып өтти.
✅ Ушырасыўда депутат Б.Утамбетова 2025-жылдың III шереги даўамында әмелге асырылған жумыслары бойынша сайлаўшыларға есабат берди.
🔹 Ушырасыў даўамында Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2025-жыл 14-августьтағы “Қарақалпақстан Республикасын социаллық-экономикалық раўажландырыўға қаратылған илажларды жəне де жеделлестириў ҳаққында”ғы ПҚ-248-санлы Қарары, усы қарарға муўапық, узынлығы 97 км болған Қоңырат - Мойнақ магистрал суў тармақларын тартыў, Қоңырат - Мойнақ автомобиль жолының 91 км бөлегин оңлаў ушын әмелге асырылып атырған жумыслар, 2025-жыл 10-сентябрьдеги "Мәҳәллелерде жаслар менен ислесиў системасының нәтийжелилигин арттырыўға байланыслы илажлар ҳаққында"ғы ПП-163-санлы Пәрманы, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2025-жыл 16-сентябрьдеги 589-санлы Қарары, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси сессиясы қарарларының мазмун-мәниси ҳәмде президентимиздиң соңғы қарарларына тийкарланып, районымызда жаңадан салынып атырған қурылыс объектлериниң жумыс барыслары ҳаққында түсиндирилди.
📌 Сөйлесиў даўамында пуқаралардан келип түскен мүрәжатлар бойынша депутат тәрепинен түсиниклер берилди ҳәм шешими бойынша ўазыйпалар белгиленди.