Yangiliklar

So‘ngi yangiliklar

ҚУРЫЛЫС ЖУМЫСЛАРЫ ЖЕДЕЛ АЛЫП БАРЫЛМАҚТА

❗️ҚУРЫЛЫС ЖУМЫСЛАРЫ ЖЕДЕЛ АЛЫП БАРЫЛМАҚТА 

🔰 Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси  депутаты, ӨзХДП  фракциясы ағзасы Б.Утамбетова 

Өзбекстан Республикасы Президентиниң  2024-жыл 24-декабрьдеги "2025-2027-жылларда Өзбекстан Республикасының социаллық ҳәм ислеп шығарыў инфрадүзилмесин раўажландырыў ис-илажлары хаққында"ғы ПҚ-454-санлы қарары бойынша Мойнақ районы "Қызыл жар" аўыл пуқаралар жыйыны аймағында жаңадан салынып атырған Мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминиң  қурылыс жумыслары барысы менен танысты. 

✅ Қурылыс жумыслары ушын 3 миллиард 600 миллион сўм қаржы ажыратылған болып, "Сәўир қурылыс" ХК тәрепинен қурылыс жумыслары алып барылмақта. Бүгинги кунде, имараттың қурылыс жумыслары жуўмақланып, монтажлаў жумыслары даўам етпекте.

Slide 1 of 1