💠 ДЕПУТАТ САЙЛАЎШЫЛАР МЕНЕН СӘЎБЕТЛЕСТИ
♻️ Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси тәрепинен тастыйықланған 2025-жыл 27-сентябрьдеги 01-12/08-167-санлы реже-графиги тийкарында Мойнақ районы "Мойнақ" мәкан пуқаралар жыйыны имаратында 65-Мойнақ сайлаў округинен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутаты, ӨзХДП фракциясы ағзасы Бибихан Утамбетованың "Мойнақ" МПЖ ҳәм "Арал" МПЖ аймағында жасаўшы сайлаўшылар менен ушырасыўы болып өтти.
🔰 Ушырасыўда депутат Б.Утамбетова 2025-жылдың III шереги даўамында әмелге асырылған жумыслары бойынша есабат берди. Сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2025-жыл 14-августьтағы “Қарақалпақстан Республикасын социаллық-экономикалық раўажландырыўға қаратылған илажларды жəне де жеделлестириў ҳаққында”ғы ПҚ-248-санлы Қарары, усы қарарға муўапық, узынлығы 97 км болған Қоңырат - Мойнақ магистрал суў тармақларын тартыў, Қоңырат - Мойнақ автомобиль жолының 91 км бөлегин оңлаў ушын әмелге асырылып атырған жумыслар, 2025-жыл 10-сентябрьдеги "Мәҳәллелерде жаслар менен ислесиў системасының нәтийжелилигин арттырыўға байланыслы илажлар ҳаққында"ғы ПП-163-санлы Пәрманы, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2025-жыл 16-сентябрьдеги 589-санлы Қарары, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси сессиясы қарарларының мазмун-мәниси ҳәмде президентимиздиң соңғы қарарларына тийкарланып, районымызда жаңадан салынып атырған қурылыс объектлериниң жумыс барыслары ҳаққында түсиндирилди.
🔴 Сөйлесиў даўамында сайлаўшылардың мүрәжатлары тыңланды ҳәм усы мүрәжатларға түсиниклер берилди.
✅ Сайлаўшылар депутат Б.Утамбетованың есабатын мақуллады.