Yangiliklar

Сондай-ақ, Халық депутатлары Қараөзек районлық Кеӊеси депутатлары М.Гулимбетов Н.Тлеўмуратов ҳәм Кеңес секретариаты, Ак.С.Камалов АПЖ ўәкиллери АПЖ аймағындағы Қарамойын аўылы ишки жолларыныӊ реконструкция жумыслары менен танысты.

«Басламалы бюджет» порталы арқалы усы жылдың биринши мәўсиминде тийкарында Ак.С.Камалов аўыл пуқаралар жыйыны ишки жолларының 4 км аралығына қум-щебень араласпасын тѳсеў жойбары жеңимпаз деп табылып, 1млрд. 8 млн сум қаржы ажыратылған еди. Бүгинги күнде жолларды оңлаў жумыслары «Мойнақ дренаж» ЖШЖ тәрепинен алып барылмақта. Депутатлар мәҳәлле ўәкиллери менен ишки жолларды оңлаў барысы бойынша ѳз усынысларын билдирип, орайлық кѳшелер менен байланыстырыў бағдарында пикир алысты.

Slide 1 of 4