Қараѳзек районы ҳәкимлиги, шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар бѳлими ҳәм жергиликли Кеңестеги депутат ҳаял-қызлар тәрепинен район аймағындағы гезектеги ушырасыўы А.Досназаров аўыл пуқаралар жыйынында жасаўшы өрнекли ҳәм белсенди аналар, социаллық қорғаўға мүтәж, жумыссыз ҳаял-қызлар қатнасында шөлкемлестирилди. Ушырасыўда шығып сөйлеўшилер тәрепинен мәмлекетимизде ҳаял-қызларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, олардыӊ жәмийетте белсендилигин асырыў бойынша белгиленген ўазыйпалар атап өтилди. Сондай-ақ, шаӊарақта ҳаял-қызларымыздыӊ орны, саламат турмыс тәризин ен жайдырыў, саламат ана ҳәм бала концепсиясын әмелге асырыў ҳәм аймақты абаданластырыў, кәсип-ѳнер үйрениў арқалы дәрамат табыў, киши ҳәм орта исбилерменликти жолға қойыўдағы имканиятлар, жеңилликлер, тамарқа жерлеринен нәтийжели пайдаланыў ҳәм басқада турмыслық мәселелер бағдарында жақыннан сәўбетлесиў алып барылды.