Yangiliklar

So‘ngi yangiliklar

#Мүнәсибет

Душанбе қаласында болып өткен рәсмий ушырасыўда Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Тәжикстан Республикасы Президенти Емомали Раҳмон еки тәреплеме байланыслардың әҳмийетли бағдарларын додалады.

Ушырасыў даўамында тәреплер саўда, экономика, транспорт-логистика, енергетика, аўыл хожалығы ҳәм мәдений-гуманитарлық тараўлардағы бирге ислесиўди раўажландырыў бойынша кең көлемли бағдарламаларды белгилеп алды.

Сондай-ақ, тәреплер Регионаллық қәўипсизлик ҳәм турақлылық, сондай-ақ, Орайлық Азия мәмлекетлери басшыларының мәсләҳәт ушырасыўындағы бирге ислесиў мәселелерин додалады.

Бул ушырасыў Өзбекстан ҳәм Тәжикстан арасындағы дослық ҳәм стратегиялық шериклик қатнасықларын буннан былай да беккемлеў, халықаралық майданда бирге ислесиў имканиятларын кеңейтиў жолындағы әҳмийетли қәдемлерден бири сыпатында баҳаланды.

У.Урынбаева,

14-санлы "Коллеж" сайлаў округынан Халық депутатлары Мойнақ районлық Кеңеси депутаты.