Мирзиёев Душанбеде өткерилген "Орайлық Азия - Россия" форматындағы екинши саммитте қатнасты
Душанбе қаласында болып өткен екинши "Орайлық Азия - Россия" саммитинде Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев белсене қатнасты.
Ушырасыўда регионаллық интеграция, саўда-экономикалық бирге ислесиў, транспорт-логистика жоллары, қәўипсизлик ҳәм енергетика тараўларында еки ҳәм көп тәреплеме мәселелер додаланды.
Бул саммит - Өзбекстан ҳәм Россия, сондай-ақ, Орайлық Азия мәмлекетлери арасындағы дослық ҳәм стратегиялық шерикликти буннан былай да беккемлеўге қаратылған әҳмийетли платформа болды.
Халық депутатлары Мойнақ районлық Кеңеси депутаты, ӨзХДП депутатлық топар ағзасы К.Насырова