Депутат жаслар менен сәўбетлести
Мойнақ районы "Қазақдәрья" АПЖ аймағындағы 15-санлы мектепте Өзбекстан ХДП Мойнақ районлық кеңеси ҳәм Халық депутатлары Мойнақ районлық Кеңесиндеги партия топары тәрепинен “Депутат ҳәм жаслар” атамасында илаж өткерилди.
Илаж даўамында Халық депутатлары Мойнақ районлық Кеңесиниң депутаты, партия топары ағзасы А.Жолымбетова тәрепинен Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2025-жыл 20-ноябрьдеги “Жаслар дәптери” қорлары арқалы социаллық жәрдем көрсетиў системасын буннан былай да жетилистириў ҳаққында”ғы ПП-222-санлы Пәрманының мазмуны ҳәм әҳмийети, елимизде алып барылып атырған кең көлемли реформалар ҳаққында түсиниклер берилди.