Бүгин 2-сентябрь республикамыздың бәрше улыўма билим бериў мектеплеринде жаңа оқыў жылы басланды. Сол мүнәсибет пенен Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңеси депутаты А.Утепбергенова «Кеңес» АПЖ аймағында жайласқан 9-санлы улыўма билим бериў мектебинде өткерилген байрам тәдбиринде қатнасты.
Илажда депутат А.Утепбергенова сөзге шығып, жыйналғандарды Гәрезсизлигимиздиң 34 жыллық байрамы ҳәм жаңа оқыў жылы басланғанлығы менен қутлықлап, хүрметли президентимиз тәрепинен елимизде жасларға жаратылған имканиятлар ҳаққында айтип өтти.
Илаж соңында биринши классқа жәңа қәдем қойып атырған балаларға президент саўғалары тапсырылып, басланып атырған оқыўларында табыслар айтылды.