Қараөзек районы Қутлы мәкан пуқаралар жыйыны аймағында 2025-жылдыӊ II шереги жуўмағы бойынша есабат ушырасыўы болып өтти. Ушырасыўға районлық Кеӊес депутатлары, мәҳәлле ўәкиллери, нураныйлар, көше бийлери, аймақ турғынлары ҳәм жаслар қатнасты. Ушырасыўда 2025-жылдың II шереги жуўмағы бойынша әмелге асырылған жумыслары ҳәм нызам, қарарлар, мәмлекетлик бағдарламаларда белгиленген ўазыйпалардың аймақта орынланыўы ҳаққында тоқталып өтти. Сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Президентиниӊ 2025-жыл 10-июль күнги «Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик ғәрезсизлигиниң отыз төрт жыллық байрамына таярлық көриў ҳәм оны өткериў ҳаққында»ғы қарары мазмуны ҳәм аймақты социал-экономикалық раўажландырыў бағдарында әмелге асырылып атырылған жумыслар ҳаққында атап өтилип, аймақ пуқараларының мүражатлары тыңланды ҳәм орынланыўы бойынша депутаттың мәҳәлле ўәкиллери менен биргеликте илажлар белгиленип алынды.