Депутатлардыӊ гезектеги ушырасыўы Бердах аўыл пуқаралар жыйыны аймағында жасаўшы өрнекли ҳәм белсенди, жумыссыз ҳаял-қызлар қатнасында шөлкемлестирилди. Ушырасыўда шығып сөйлеўшилер тәрепинен мәмлекетимизде ҳаял-қызларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, олардыӊ жәмийетте белсендилигин асырыў бойынша белгиленген ўазыйпалар атап өтилди. Сондай-ақ, шаӊарақта ҳаял-қызларымыздыӊ орны, саламат турмыс тәризи ҳәм бәнтлигин тәмийинлеў бағдарында пикир алысылды.