Халық депутатлары Қараөзек районлық Кеӊес депутатлары Ғәрезсизлик гүзары мәкан пуқаралар жыйынында пуқаралар менен ушырасыў болып өтти. Ушырасыўға районлық Кеӊес депутатлары, нураныйлар, көше бийлери, аймақ турғынлары ҳәм жаслар қатнасты. Ушырасыўда шығып сөйлеўшилер тәрепинен аймақты социал-экономикалық раўажландырыў бағдарында әмелге асырылып атырылған жумыслар ҳәм жаӊадан қабыл етилген қарар, пәрман ҳәм мәмлекетлик бағдарламалардыӊ мазмуны ҳаққында кеӊннен түсиндирилип өтилди. Сондай-ақ, көше әтирапларын абаданластырыў ҳәм көше бойларындағы мийўели ҳәм саяманлы терек нәллерине тәрбия бериў бағдарында әмелге асырылыўы тийис жумыслар ҳаққында нураный ата ҳәм апалардыӊ усыныслары тыӊланды.