Yangiliklar

Қараөзек районы Есим мәкан пуқаралар жыйыны аймағында ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў ҳәм жәмийеттеги орнын еледе беккемлеў бағдарында ушырасыў болып өтти.

Қараөзек районы Есим мәкан пуқаралар жыйыны аймағында ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў ҳәм жәмийеттеги орнын еледе беккемлеў бағдарында ушырасыў болып өтти. Ушырасыўға Халық депутатлары Қараөзек районлық Кеӊеси депутатлары ҳәм район ҳәкими орынбасары, шаӊарақ ҳәм ҳаял-қызлар бөлими баслығы Р.Сагидуллаева, аймақтағы нураный апалар ҳәм ҳаял-қызлар қатнасты. Ушырасыўда шығып сөйлеўшилер тәрепинен елимизде ҳаял-қызларға жаратылып атырылған қолайлықлар ҳәм усы тийкарда жаӊадан қабыл етилген қарар, пәрман ҳәм мәмлекетлик бағдарламалардыӊ мазмуны ҳаққында тоқталып өтилди. Сондай-ақ, шаӊарақта ҳаял-қызларымыздыӊ орны, саламат турмыс тәризи ҳәм бәнтлигин тәмийинлеў бағдарында пикир алысылды.

Slide 1 of 5