Янгиликлар

Сўнги янгиликлар

янв.21
Ish rejasi ijrosi — amalda: Oromgohning ekologik holati o‘rganildi
янв.21
Manfaatlar toʻqnashuvi nima va u nega muhim?
янв.21
Aholi kuz-qish mavsumlarida qishloq xo‘jaligi mahsulotlari bilan barqaror ta’minlanadi
янв.21
Gender tengligi — adolatli jamiyat va taraqqiyot poydevori
янв.21
Xavfsiz shahar va jamoat tartibi — deputatlar nazoratida
янв.21
Ijtimoiy barqarorlik va inson qadri: Budjet mablag‘lari manzilli yo‘naltiriladi
янв.21
TERMІZ SHAHRI EKOLOGIYASI VA ATROF-MUHIT MUHOFAZASI — DEPUTATLAR NAZORATIDA
янв.21
Termiz shahrida xotin-qizlar murojaatlari tinglandi
янв.21
Mahallada harakat xavfsizligini ta’minlash va aholi murojaatlarini ijobiy hal etildi
янв.21
MAHALLA TIZIMI SAMARADORLIGI — DEPUTAT E’TIBORIDA: “BOG‘ZOR”DA TAHLILIY MULOQOT
Мүнәсибет

Мен, 11-“Қумбыз” сайлаў округинен Халық депутатлары Хожели районлық Кеңеси депутаты Наргиза Примбетова усы жылдың 15-апрель күни белгиленген график тийкарында өз сайлаўшыларым алдында 2025-жылдың I-шереги даўамында әмелге асырған жумысларым бойынша сайлаўшыларға есабат бердим.
Атап айтқанда, Ҳүрметли Президентимиз тәрепинен Қарақалпақстанды социаллық-экономикалық раўажландырыў бойынша қабыл етилген Пәрман ҳәм Қарарлары, Халық депутатлары Хожели районлық Кеңеси Сессияларында қабыл етилген қарарлардың мазмун-мәнисин ҳаққында түсиниклер берилди.
Соның менен бирге, жылдың атмасына сәйкес қабыл етилген мәмлекетлик бағдарламада нәзерде тутылған реже ҳәм ўазыйпалар ҳаққында мағлыўмат берилди. Есабат дәўиринде сайлаўшылардан 6мүрәжат келип түскен болып, мүрәжатлар тийисли жуўапкерлер менен биргеликте унамлы шешим тапты. Мәселен, райондағы “Қумбыз” аўылы турғынларының усынысына тийкарланып азық-аўқат дүкан алдындағы пиядалар журетуғын жолда жеңил автомобиллер турып жолды тосып атырғанлығы ҳаққындағы муражатлер унамлы шешим табыў мақсетинде депутат сораўнамасы жиберилди. Сондай-ак 33–санлы улыума билим бериу мектебинин оқыўшылардың жол қәўипсизлигин тәмийнлеў мақсетинде мектеп алдына “Дыққат балалар” жол белгиси қойыў ушын депутат сораўнамасы жиберилди. Соны да атап өтиў орынлы, сайлаўшылар мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған реформалардан разы екенлиги, оны ҳәр күни өз турмысында сезип атырғанлықлары билдирди.
Сессия, турақлы комиссия ҳәм депутатлық топар мәжилислеринде турақлы қатнасып, онда партиямыз электораты мәплеринен келип шығып өз пикир ҳәм усынысларымды билдирип келмектемен.

Наргиза Примбетова

11-“Қумбыз” сайлаў округинен Халық депутатлары Хожели районлық Кеңеси
депутаты