«Депутат
мәҳәлледе» жойбары.
2025-жыл
25-июнь күни Қарақалпақстан Республикасы жоқарғы Кеңеси депутаты А.Аллиярова ҳәм
районлық Кеңес депутаты А.Пиржановалар «Өзбекстан Республикасы Президенти
ҳүжжетлери, Олий Мажлис палаталары ҳәм Ҳүкимет қарарлары, Жоқары дәрежедеги
сапарлар даўамында ерисилген келисиўлер бойынша ислеп шығылған «Жол карталары»нда
Тахтакөпир районын социал-экономикалық раўажландырыў бойынша белгиленген
ис-илажларды мәнзилли үйрениў ҳәмде нәтийжели қадағалаўды алып барыў ҳаққында» Қарақалпақстан
Республикасы Жоқарғы Кеңеси баслығы А.Т.Орынбаев тәрепинен 2025-жыл 10-февраль күни
тастыйықлаған қадағалаў Режеси тийкарында Өзбекстан Республикасы
Президентиниң 2024-жыл 24-декабрьдеги «2025-2027-жылларда Өзбекстан
Республикасының социаллық ҳәм ислеп шығарыў инфраструктурасын раўажландырыў
ис-илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-454-санлы қарары тийкарында «Өзбекстан» каналының
ПК78+100 бөлиминдеги суў тосыўшы имаратында (сооружение) алып барылатуғын жумыслар барысы менен танысты.