“ДЕПУТАТ МӘҲӘЛЛЕДЕ” ЖОЙБАРЫ ШЕҢБЕРИНДЕ УШЫРАСЫЎ ӨТКЕРИЛДИ
♻️ Мойнақ районы "Мәдели" басланғыш партия шөлкеминде “Депутат мәҳәлледе” жойбары тийкарында ушырасыў болып өтти.
🔰 Ушырасыўда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси депутаты, ӨзХДП фракциясы ағзасы Б.Утамбетова ҳәм партияның Мойнақ районлық кеңеси баслығы А.Асенбаева ҳәм “Мәдели” аӯыл пуқаралар жыйыны ҳаяллары менен ушырасыў өткерилди.
✅ Илаж даўамында Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2025-жыл 14-августтағы “Қарақалпақстан Республикасын социаллық-экономикалық раўажландырыўға қаратылған илажларды жəне де жеделлестириў ҳаққында”ғы ПҚ-248-санлы қарарының мазмун-мәниси ҳәмде усы қарарға муўапық, узынлығы 97 км болған Қоңырат-Мойнақ магистрал суў тармақларын жақсылаў ушын әмелге асырылатуғын жумыслар ҳаққында тусиник берилди. Соның менен бирге, аймақта орын алған машқалаларын үйрениў, машқалалардың шешимин табыӯда, мәҳәлледе той-мерекелерди ықшамластырыў, мәҳәллени абаданластырыў жумысларын биргеликте әмелге асырыӯ бойынша тийисли иләжлар белгилеп алынды.