Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2025-жыл 14-августтағы
“Қарақалпақстан Республикасын социаллық-экономикалық раўажландырыўға қаратылған
илажларды буннан былай да жеделлестириў ҳаққында”ғы ПҚ-248-санлы қарары қабыл
етилди.
Бунда «Жалпы аймақлық өним көлемин орташа 6-6,5 пайызға,
санаат өндирисиниң көлемин 5-6 пайызға жеткериў, базар хызметлер көлемин 15-17
пайызға ҳәм де аўыл хожалығы ислеп шығарыўын 4-5 пайызға өсиўин тәмийинлеў»
2025-2026-жылларда Қарақалпақстан Республикасын турақлы социаллық-экономиқалық
раўажландырыўдың тийкарғы мақсетли көрсеткишлери етип белгиленди.
Жоқарыда келтирилген қарардың 1-қосымшасына муўапық, «Жасыл
принцип тийкарында» Шымбай районындағы бир қанша социаллық тараў объектлеринде
оңлаў жумысларын алып барыў белгиленген. Атап айтқанда «Таза жол» АПЖ
аймағындағы 13-санлы ўлыўма билим бериў мектебине 3,5 млрд сўм ҳәм де «Тағжап»
АПЖ аймағындағы 29-санлы мектепке шекемги билимлендириў шөлкемине 6,3 млрд сўм
қаржы ажыратыў есабынан оңлаў жумысларын алып барыў белгиленген.
Және де «Д-234» Нөкис-Шымбай-Тахтакөпир автомобиль жолының
Шымбай районынан өтиўши 47-58 ҳәм де 63-84 км жәми 32 км. аралығында 5 млрд.
қаржы есабынан оңлаў жумысларын алып барыў белгиленген.
Сондай-ақ, Шымбай районы орайында жайласқан кәсиплик
көнликпелер орайы жанында Бәнтликке көмеклесиў мамкелетлик фонды қаржылары
есабынан оқыў ҳәм ислеп шығарыў этнотуризм орнын шөлкемлестириў
режелестирилген.
Халқымызды хәр тәреплеме разы қылыў жолдында әмелге асырылып
атырған бул өзгерислерди халқымыз үлкен қуўаныш ҳәм шүкиршилик пенен
қабылламақта.
Абадан УТЕПБЕРГЕНОВА, 4-санлы
"Кеңес" сайлаў округынан Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңеси
депутаты, ӨзХДП депутатлық топары ағзасы.