Президент қарарының орынланыўында
депутатлардың белсендилиги артпақта!
2025-жыл
26-июнь күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқары Кеңеси депутаты,
"Тахтакөпир" посёлкалық пуқаралар жыйыны баслығы А.Аллиярова тәрепинен
Президентимиздиң 2025-жыл 3-январдағы ПҚ-1-санлы қарарының орынланыўын
тәмийинлеў ҳәмде "Әҳмийетли 90 күнлик" жойбары шеңберинде
мәдений-ағартыўшылық ҳәм спорт бағдарындағы кең көлемли илажлар
шөлкемлестирилди.
Илажда
район ҳәкиминиң орынбасары Ш.
Бектурганов, район прокуроры Р.Жалелов, ИИБ баслығының орынбасары Б.Аметовлар
қатнасты.
Илаж
даўамында жасларды саламат турмыс тәризине тартыў, физикалық белсендилигин
арттырыў мақсетинде түрли спорт жарыслары, китап ҳәм өнерментшилик
көргизбелери, психологиялық тренинглер
өткерилди.
Буннан
соң, өткерилген илажларға белсене қатнасқан ҳәм спорт жарысларында жеңимпаз
болған жаслар шөлкемлестириўшилер тәрепинен миннетдаршылық ҳәм саўғалар менен
сыйлықланды.