Халық Депутатлары Хожели районлық Кеңесине 11-«Сүўенли» сайлаў округинен депутат Дилбар Ранова өзи сайланған аймақта мәҳәлле пуқаралары менен ушырасыў өткерди. Ушырасыўдың баслы мақсети депутат тәрепинен өткен 6 ай даўамында алып барылған жумыслар есабатын тыңлаў, мәҳәллени раўажландырыў, пуқаралардың бәнтлигин тәмийнлеў ушын оларға жеңиллетилген кредитлер, субсидиялар ҳаққында мағлыўматлар бериў ҳәм пуқаралар мүрәжатлары менен ислесиўди күшейтиў екенлиги пуқараларға түсиндирилди.
Ушрасыўдан соң депутат “Сүўенли” мәкан пуқаралар жыйыны аймағындағы көшелерге барып машқалаларды өз орнында үйренип пуқаралардың усыныс ҳәм шағымларын тыңлады.