Халық депутатлары Хожели раонлық Кеңеси депутатларының усы жылдың ярым жыллығы даўамында алып барған жумыслары бойынша өз сайлаўшыларына есабатлар бериў, мәмлекетимизде алып барылып атырған сиясатты халыққа үгит-нәсиятлаў, пуқаралардың машқалаларын пикир-усынысларын тыңлаӯ мақсетинде Шағалакөл МПЖ да ушырасыў болып өтти. Ушырасыўға районлық Кеңес депутаты Ю.Матниязов қатнасып өткен дәўир аралығында алып барған жумыслар ҳаққында айтып өтип, пуқаралардың пикир ҳәм усынысларын тыңлап аймақтағы машқалаларды шешиў ушын барлық ис-иләжлар алып барылатуғынлығын айтып өтти.