Новости

Последние новости

янв.21
Kengash huzuridagi Ekspert guruhi tarkibi yangilandi:
янв.21
Muloqot va natija: Aholi murojaatlari — doimiy e’tiborda.
янв.21
Termiz tumanida yangi tibbiy ob’ekt: Aholi salomatligi yo‘lida muhim qadam
янв.21
Deputatlar va yoshlar: Hamkorlikning yangi bosqichi
янв.21
Termiz tumanida ijtimoiy-iqtisodiy islohotlar: Ijro va natija tahlili
янв.21
Termiz tumanida yangi uy-joylar qurilishi: Xalqparvar komissiyasi nazoratida:
янв.21
"Yangi hayot"dagi o'zgarishlar: infrastruktura yangilanmoqda
янв.21
"Yangi hayot" mahallasida infratuzilma loyihalari o‘rganildi:
янв.21
Deputatlar “Qahramon” MFYda: bog‘cha va poliklinika faoliyati o‘rganildi.
янв.21
Deputatlar hududdagi yangi yo‘l sifatini ko‘zdan kechirdilar
МҮНӘСИБЕТ

Нөкис районы ХДП: "Бир-биримизди қоллап-қуўатлайық" атамасында әмелий илаж өткерилди

     Өзбекстан ХДП Нөкис районлық кеңеси баслығы, Халық депутатлары Нөкис районлық Кеңесиндеги партия топары басшысы Р.Сапарниязов ҳәм "Төк таў" мәкан пуқаралар жыйыны баслығы И.Тажетов қатнасыўында "Бир-биримизди қоллап-қуўатлайық" жойбары шеңберинде әмелий илаж өткерди. 

Илаж даўамында "Төк таў" мәкан пуқаралар жыйыны аймағында жасаўшы О.Мамбетмуратовтың шаңарағында болып, бүгинги күндеги искерлиги менен танысты. 

Атап айтқанда, пуқара О.Мамбетмуратов жеңиллетилген кредит есабынан суў ағар ислеп шығаратуғын үскене алып, өз жумысын жолға қойған. 

Ислеп шығарып атырған өнимлери халықтың кең пайдаланып атырған жайлардың суў ағарлары болып, халықтың мүтәжлигин питкериўге хызмет етип атырғаны, соның менен бирге қыс айларында буйыртпалардың жетерли болмай атырғанлығы анықланды. Мәҳәлле белсендилери менен мәсләҳәтлесип машқаланы сапластырыў бойынша тийисли шешим қабыл етиў келисилди.

Slide 1 of 1