Халық депутатлары Қараөзек районлық Кеӊесине 7-Шайхана көпир округинен депутат Р.Қармысова сайлаў округи аймағында сайлаўшылар менен ушырасыўы болып ѳтти. Ушырасыўда депутат тәрепинен мәмлекетимизде әмелге асырылып атырылған реформалар барысы, сондай-ақ, жаңадан қабыл етилген нызам ҳәм қарарлар, мәмлекетлик бағдарламалардың әҳмийети, мазмун-мәниси ҳаққында мағлыўмат берилип, бул бағдарда аймақта әмелге асырылатуғын жумыслар ҳаққында мағлыўмат берилди. Сондай-ақ аймақ пуқаралары тәрепинен ишки жоллар ҳәм түнги жарытыў шырақларын орнатыў бойынша мүрәжатлар келип түсип, депутат тәрепинен қадғалаўға алынып, тийисли мәмлекетлик уйымларға депутатлық сораўлар жиберилиўи белгиленди.