Халық депутатлары Қараөзек районлық Кеӊеси 12-Қаракөл сайлаў округинен депутат, Өзбекстан Экологиялық партиясы районлық Кеңеси баслығы А.Келимбетова тәрепинен райондағы 2-санлы мектепте партия ағзалары, жаслар менен ушырасыўы болып өтти. Ушырасыўда депутат тәрепинен мәмлекетимизде жасларға қаратылған итибар, жаратылып атырылған имканиятлар, сондай-ақ, жаңадан қабыл етилген нызам ҳәм қарарлар, мәмлекетлик бағдарламалардың әҳмийети, мазмун-мәниси ҳаққында мағлыўмат берип өтти.
2025-жылы - «Қоршаған орталықты қорғаў ҳәм "жасыл" экономика жылы» деп белгиленгенлиг мүнәсибети менен партия тәрепинен әмелге асырылыўы белгиленген ўазыйпалар, сайлаўалды платформасы ҳаққында тоқталып өтти. Буннан соӊ жаслардыӊ қызықтырған сораўларына депутат тәрепинен жуўаплар берилди.