📝 Партия тәрепинен жаслар арасында Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2025-жыл 10-сентябрьдеги “Мәҳәллелерде жаслар менен ислесиў системасының нәтийжелилигин арттырыўға байланыслы илажлар ҳаққында”ғы ПП-163-санлы Пәрманының мазмуны ҳәм әҳмийетин үгит-нәсиятлаў илажлары даўам етпекте.
✅ Нөкис районы “Төк таў” МПЖ имәратында партияның Нөкис районлық кеңеси баслығы, районлық Кеңес депутаты Р.Сапарниязовтың басламасы менен мәҳәллелердеги жаслар жетекшилери ҳәм аймақ жаслары қатнасыўында үгит-нәсиятлаў илажы өткерилди.
📣 Өзбекстан ХДП Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси Жаслар ҳәм ҳаял-қызлар менен ислесиў бөлими баслығы Г.Далибаева сөзге шығып, Президент пәрманына муўапық жаслар менен ислесиў системасын жетилистириўдиң тийкарғы мақсетлери туўралы түсиниклер берди.
💬 Илажда "Төк таў" МПЖ жаслар жетекшиси Б.Парахатов ҳәм бир қатар жаслар сөз алып, өзлериниң пикирлерин билдирди ҳәм қызықтырған сораўларына жуўаплар алды.