Депутатлар халық пенен ушырасыўы
2025-жыл 3-октябрь күни 10-санлы "Нурлы мәкан" мектеп-интернат мәжилислер залында депутатлардың тийисли аймақ пуқаралары менен ушырасыўы болып өтти.
Ушырасыўды 1-Жолшылар сайлаў округинен Халық депутатлар Нөкис қалалық Кеңеси депутаты А.Аймуратов ашып берди.
А.Аймуратов өз сөзинде бүгинги күндеги жетискенликлер ҳәм алға қойылған режелер ҳаққында мағлыўмат берди. Аймақта балалар ушын Баскетбол, Волейбол майданшаларын қурыў ушын усыныс киритилгенлигин айтып өтти.
Ушырасыўға Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси депутаты К.Каримов, "Аманлық гүзары" МПЖ баслығы Г.Хожамуратовалар аймақ пуқаралары менен сәўбет өткерди ҳәм ушырасыўда пуқаралар өзлерине тийисли жуўапларды алды.