Yangiliklar

Қутанкөл мәҳәллесинде 1,8 км асфальт жол қурылысы басланды

Қутанкөл мәҳәллесинде 1,8 км асфальт жол қурылысы басланды

Нөкис районы "Қутанкөл" мәкан пуқаралар жыйыны турғынлары тәрепинен 2025-жыл 1-мәўсими шеңберинде "Ашық бюджет" мәлимлеме порталы арқалы усынылған жойбар - "Жаманша" көшесине 1,8 километр аралыққа қара қапламалы (асфальт) жол төсеў жумысларын әмелге асырыў бойынша усыныс, даўыс бериў нәтийжелерине бола жеңимпаз деп табылған еди.

Бул баслама мәҳәлле халқының инфраструктураны жақсылаў ҳәм жасаў шараятларын жетилистириў бағдарындағы белсендилиги ҳәм жоқары пуқаралық жуўапкершилигин көрсетти. Ҳәзирги ўақытта, усы жойбар тийкарында көрсетилген бағдарда әмелий жумыслар баслап жиберилди. Атап айтқанда, "Жаманша" көшесинде қара қаплама (асфальт) төсеў жумыслары жедел пәтлерде алып барылмақта.

Slide 1 of 5