Қараөзек районы Мәденият аўыл пуқаралар жыйыны аймағында ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў ҳәм жәмийеттеги орнын еледе беккемлеў бағдарында ушырасыў болып өтти. Ушырасыўға Халық депутатлары Қараөзек районлық Кеӊеси депутаты Г.Юсупова ҳәм аймақтағы нураный апалар, ҳаял-қызлар қатнасты. Ушырасыўда шығып сөйлеўшилер тәрепинен бүгинги күнде елимизде Президентимиздиң басшылығында ҳаял-қызларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў мəселеси мəмлекетлик сиясаттың баслы бағдарларынан бирине айланғанлығы ҳәм өткен жыллар даўамында ҳаял-қызлардың турмысында оғада әҳмийетли болған өзгерислер менен жаңаланыўлар жүз берилгенлиги, ҳәр түрли тараўларда берилип атырылған жеӊилликлер ҳаққында тоқталып өтилди.