Халық депутатлары Қараөзек районлық Кеӊесиндеги ҳаял-қыз депутатларынан ибарат исши топар тәрепинен район ҳәкимлигиниӊ шаӊарақ ҳәм ҳаял-қызлар бөлими менен биргеликте аймақларда хаял-қызлар менен ушырасыўлары даўам етпекте. Гезектеги ушырасыў Қутлы мәкан мәкан пуқаралар жыйыны аймағында жасаўшы өрнекли ҳәм белсенди, жумыссыз ҳаял-қызлар, жаслар қатнасында шөлкемлестирилди. Ушырасыўда шығып сөйлеўшилер тәрепинен мәмлекетимизде ҳаял-қызларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, олардыӊ жәмийетте белсендилигин асырыў бойынша белгиленген ўазыйпалар атап өтилип, миллий қәдриятларымызға сай рәўиште кейўаны аналардыӊ жаслар тәрбиясындағы ролин еледе асырыў, турмысқа таярлаў, сондай-ақ, аналық ҳәм балалықты қорғаў бағдарында кеӊнен пикирлести.