2025-жыл 2-июль күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқары Кеңеси депутаты А.Аллиярова ҳәм районлық Кеңес депутаты Қ.Жалиевлер «Тахтакөпир» пПЖ аймағындағы Киши санаат зхонасында болып, «Проммебель» ҳәм «Берекет» карханалары жумысларының барысы менен танысты.
Мағлыўмат ушын : «Проммебель» карханасын М.Айымбетов басқарады, ҳәзирги ўақытта киши карханада 5 пуқара жумыс пенен тәмийинленген болып, тийкарынан айна-қапылар ҳәм пуқаралардың талаплары бойынша хожалыққа керекли буйымларды ислейди.
«Берекет» карханасын П.Есимбетов басқарады. Ҳәзирги ўақытта бул киши кәрханада 4 пуқара (жаслар) жумыс пенен тәмийинленген болып, гилем-палас, көрпе, сондай-ақ пуқаралардың талаплары бойынша хызмет көрсетеди.