Аймақларда
«Мәҳәлле жетилиги» ниң есабатлары тыңланбақта.
Өзбекстан
Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2024-жыл 13-июньдеги 334-санлы қарары
тийкарында ҳәр шерек жуўмағында мәҳәлле
жетилиги тәрепинен аймақларда өзлериниң әмелге асырған жумыслары бойынша
пуқараларға есабат бериў белгиленген.
«Тахтакөпир»
посёлкалық пуқаралар жыйыны баслығы, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси
депутаты А.Аллиярованың басшылығында «Мәҳәлле жетилиги» тәрепинен сайлаўшыларға
есабат берди.
Есабат
даўамында «Мәҳәлле жетилиги» пуқаралар менен саўбетлесип, 2025-жылдың өткен дәўиринде
исленген жумыслар ҳәм алдағы ўазыйпалар ҳаққында пуқараларға түсиник берди.