Хожели районы ҳәкимлиги мәжилислер залында Халық депутатлары районлық Кеңесиниң тоқсаныншы сессиясы болып өтти. Сессияны Халық депутатлары районлық Кеңеси баслығы Ж.Ермашев алып барды. Күн тәртибинде 6 мәселе көрилип, Президент Халық қабыллаўханасының район бөлими баслығы Е.Қанназаров ҳәм бир қатар тараў басшыларының есабатлары тыңланды. Сондай-ақ, көрилген мәселелер депутатлар тәрепинен ҳәр тәреплеме додаланып, мақулланды ҳәм тийисли қарарлар қабыл етилди.