Cенатор Б.Матмуратов райондағы "Қырқыншы", "Наўрыз" мәҳәллелеринде өз исбилерменликлерин Сайхунабат ҳәм Үйши тәжирийбелери тийкарында жолға қойған исбилерменлер менен ушырасып, олардың машқалаларын тыңлады ҳәм искерлиги менен жақыннан танысты. Ол орынларда бәнтлиги тәмийнленген ҳәм қосымша дәраматқа ийе болған пуқаралар менен сәўбетлесип, шәраятлары менен танысты. Сәўбет даўамында мәмлекетимизде исбилерменлер ушын жаратылып атырған көплеген имкәниятлар ҳаққында сөз етилип, пикир ҳәм усыныслар тыңланды.