Янгиликлар

Сўнги янгиликлар

янв.21
Xalq deputatlari Payariq tumani Kengashining navbatdan tashqari yettinchi chaqiriq o‘n to'rtinchi sessiyasi o'tkazildi.
янв.21
#Korrupsiya_kelajak_zavoli
янв.21
Mamlakatimiz rahbari tomonidan ilgari surilayotgan tashabbuslar nafaqat yurtimiz, balki butun insoniyat taqdiri uchun muhim ahamiyatga ega..
янв.21
Ўзбекистон Республикаси Президентининг Бирлашган Миллатлар Ташкилоти Бош Ассамблеясининг 80-юбилей сессияси умумсиёсий мунозараларидаги нутқи мамлакатимиз учун муҳим тарихий воқеа сифатида катта аҳамиятга эга.
янв.21
Xo‘jaobod mahallasida saylovchilar bilan uchrashuv Xalq deputatlari Payariq tumani Kengashi deputati M. Kazakova Xo‘jaobod mahallasida saylovchilar bilan uchrashib, ular bilan samimiy muloqot o‘tkazdi...
янв.21
Davlat xizmatlari markazida monitoring o‘rganish ishlari olib borildi.
янв.21
Payariq tumanida “Oila-mahalla-ta’lim muassasasi” hamkorligida yig‘ilish o‘tkazildi
янв.21
Xalq deputatlari Payariq tumani Kengashining navbatdagi yettinchi chaqiriq o‘n uchinchi sessiyasi o'tkazildi.
янв.21
Yangi O‘zbekistonda Uchinchi Renessans – umummilliy say-harakatlarimiz poydevori
янв.21
Yoshlar bilan yuzma-yuz
#Депутатлық_еситиў

Халық депутатлары Қоңырат районлық Кеңесинде ӨзЛиДеП депутатлық топарының мәжилиси болып өтип, онда Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2023-жыл 16-февральдағы "2023-жылда қайта тиклениўши энергия дәреклерин ҳәм энергия үнемлеўши технологияларды енгизиўди жеделлестириў ис-илажлары ҳаққында"ғы ПҚ-57-санлы қарарының орынланыўы бойынша "Аймақлық электр тармақлары" АЖ Қоңырат районлық филиалының есабаты тыңланды.

Мәжилисте районлық филиал баслығы Оразғали Муханов баянат жасап, депутатларға 2025-жылдың тоғыз айында әмелге асырылған жумыслар, әҳмийетли машқалалар, жақын келешекке мөлшерленген режелер ҳаққында мағлыўмат берди.

Президент қарарының 20-бәнтине муўапық, район аймағында киши ҳәм микро гидроелектр станцияларын шөлкемлестириў, социаллық, мәмлекетлик ҳәм жеке меншик обектлерде қуяш панеллерин жедел енгизиў илажлары баслап жиберилди. Атап айтқанда, 2025-жылдың 9 айы даўамында төмендеги жумыслар әмелге асырылды:

• 24 социаллық ҳәм мәмлекетлик мәкемелерде жәми 385 кВт қуўатлылыққа ийе қуяш панельлери орнатылды;

• исбилерменлик субектлерине тийисли 25 объектте 1326 кВт қуўатлылықтағы панеллер жайластырылды;

• 312 жеке меншик хожалықта улыўма қуўатлылығы 1545 кВт болған қуяш панеллери орнатылды.

"USTYURT SODIUM SULFATE" кәрханасында 1000 кВт қуўатлылықтағы қуяш панельлери орнатылғаны қайта тиклениўши энергия дәреклерин нәтийжели енгизиўдиң айқын мысалы болды. Қолланба энергия дерегине өткенге шекем кәрхананың электр энергиясы ушын айлық қәрежети 360 миллион сумды қураған болса, панеллер орнатылғаннан соң бул муғдар 230 миллион сумға түсип, айына 130 миллион сум үнемленген.

Пуқаралардың белсене қатнасыўы да дыққатқа ылайық. Соның ишинде, Әжинияз мәҳәллесинде жасаўшы Нуркен Алдамуратов өз үйине 50 кВт қуўатлылықтағы қуяш панеллерин орнатып, басқаларға өрнек болмақта. Бул  арқалы оның айлық сап дәраматы 9,2 миллион сумды қурамақта. Әмелге асырылған илажлар нәтийжесинде жәми 4,7 миллион кВт/сааттан аслам электр энергиясының үнемлениўине ерисилди.

Мәжилисте, сондай-ақ, "Салық" мобил қосымшасындағы "Қуяшлы шаңарақ" бөлими арқалы 2025-жылы 312 жеке меншик шаңарақтан қуяш панеллерин орнатыў бойынша мүрәжатлар келип түскени атап өтилди. Барлық мүрәжатлар жеделлик пенен көрип шығылып, орынлаўға қабыл етилди. Сондай-ақ, артықша ислеп шығарылған электр энергиясын сатыў бойынша тийисли алды-сатты шәртнамалары дүзилди.

ӨзЛиДеП депутатлар топары әмелге асырылған жумыслардан қанаатланды ҳәм  бул бағдардағы жумысты даўам еттириў, әсиресе, алыс ҳәм кем тәмийинленген аймақларда альтернатив энергия дәреклерин кеңнен енгизиў зәрүрлигин атап өтти.

Жуўмақлап айтқанда, Президенттиң ПҚ-57-санлы қарарының орынланыўы тек ғана энергияны үнемлеўди арттырыў ҳәм орайласқан тармақларға болған жүклемени азайтыўға емес, ал "жасыл экономика"ны раўажландырыў, екологиялық турақлылықты тәмийинлеў ҳәм халықтың турмыс дәрежесин жақсылаўға хызмет етпекте. 

Slide 1 of 4