🔹 Усы жылдың 14-август күни Өзбекстан Республикасы Президентиниң “Қарақалпақстан Республикасын социаллық-экономикалық раўажландырыўға қаратылған ис-илажларын жәнеде жеделлестириў ҳаққында"ғы ПҚ–248-санлы қарарын үгит-нәсият қылыў бойынша илаж өткерилди.
Нөкис районы"Ақмаңғыт" посёлкалық пуқарплар жыйынындағы “Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў” басланғыш партия шөлкеминде өткерилген илажға ӨзХДП районлық кеңес баслығы ҳәм партия шөлкеми ағзалары қатнасты. Илажда партияның районлық кеңеси баслығы Р.Сапарниязов 2025-2026 жылларда Қарақалпақстан Республикасын социаллық ҳәм экономикалық жақтан турақлы раўажландырыўға қаратылған пәрманның мазмуны-мәниси бойынша қатнасыўшыларға кеңнен түсиник берип өтти.