15-сентябрь күни Президентимиз басшылығында "Муғаллимлер ҳәм устазлар күни" мүнәсибети менен салтанатлы илаж болып өтти. Онда Президент Шавкат Мирзиёев тәлим-тәрбия системасында пидайы мийнет етип атырған бир топар педагогларды мәмлекетлик сыйлықлар менен сыйлықлады ҳәм олар менен қызғын сөйлесиў өткерди.
Бул илаж тек ғана устазларға ҳүрмет емес, ал пүткил жәмийеттиң билимлендириў тараўына итибарының барған сайын артып атырғанлыгын аңлатады. Президент өзиниң шығып сөйлеген сөзинде педагоглардың мийнетин жоқары қәдирлеп, олардың жәмийеттеги орны, жас әўладтың тәрбиясындағы шексиз хызметлерин айрықша атап өтти.
Устазларға болған итибар - бул келешек тырнағын беккемлеў болып есапланады. Себеби, раўажланыў гилти - билимли, тәрбиялы ҳәм ўатансүйиўши әўладтың қолында.
У.Урынбаева,
14-санлы "Коллеж" сайлаў округынан Халық депутатлары Мойнақ районлық Кеңеси депутаты, ӨзХДП депутатлық топар басшысы.