Бүгин 22-июль күни Тахтакөпир районы «Электр тармақлары» кәрханасында “Жаўызлыққа қарсы ағартыўшылық” атамасында илаж өткерилди. Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутаты, А.Аллиярова, Руўхыйлық ҳәм ағартыў орайы районлық бөлими баслығы, районлық Кеңес депутаты Н.Азбергенов, Дин ислери бойынша комитетиниң район бойынша бас қәнигеси И.Абдижамилов ҳәм мәкемеде ислеўши хызметкерлер қатнасты.
Илажды Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутаты, А.Алиярова ашып берди ҳәм басқарып барды. Илажда сөзге шыққанлар, жәмийетимизде социал-мәдений орталықты қәлиплестириў, диний кеңпейилликти ҳәм миллетлерара татыўлықты беккемлеў, мәкемеде ислеўши жаслар арасында жат иллетлерге қарсы иммунитетти қәлиплестириў, жаўызлыққа қарсы гүресиўдиң бирден-бир туўры жолы китап оқыў, билим алыў керек екенлигин айрықша атап өтти.