Сондай-ақ, Халық депутатлары Қараөзек районлық Кеӊеси депутаты С.Жолдыбаев ҳәм Кеңес секретариаты, Есимөзек АПЖ ўәкиллери аймақта орайлық жолдыӊ реконструкция жумыслары менен танысты. «Басламалы бюджет» порталы арқалы усы жылдың биринши мәўсиминде Есимөзек аўыл пуқаралар жыйынына барыўшы жолды қара қапламалы асфальт тѳсеў жойбары жеңимпаз деп табылып, 1млрд. 499 млн сум қаржы ажыратылған еди. Бүгинги күнде жолларды оңлаў жумыслары "DANIYAR AVTO SERVIS" ЖШЖ тәрепинен алып барылмақта.