Янгиликлар

Сўнги янгиликлар

Пленум

Өзбекстан ХДП Шымбай районлық кеңесиниң III пленумы болып өтти. Онда партияның Шымбай районлық кеңеси пленум ағзалары, Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңесиндеги партия топары ағзалары, басланғыш партия шөлкеми жетекшилери ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.
Пленумда “Өзбекстан Халық демократиялық партиясы Сайлаўалды бағдарламасының орынланыўы бойынша партияның Шымбай районлық кеңеси тәрепинен 2025-жылдың биринши ярым жыллығында әмелге асырылған жумыслар ҳаққында”ғы мәселе бойынша Өзбекстан ХДП Шымбай районлық кеңеси баслығы С.Нурмамбетов баянат жасады.
Пленумда күн тәртибиндеги мәселелер бойынша кеңес ағзалары ҳәм депутатлар өз пикир-усынысларын билдирди ҳәм тийисли қарарлар қабыл етилди.

Slide 1 of 9