Янгиликлар

ДЕПУТАТТЫҢ ЕСАБАТЫ ТЫҢЛАНДЫ

 ДЕПУТАТТЫҢ ЕСАБАТЫ ТЫҢЛАНДЫ.

2025-жыл 8-июль күни Тахтакөпир районы «Дәўир» мәкан пуқаралар жыйыны аймағында жайласқан 5-санлы мектеп имәратында Халық депутатлары районлық Кеңесине 9-санлы «А.Дабылов» сайлаў округинен сайланған депутат Н.Примбетов ҳәмде 11-санлы «Ажинияз» сайлаў округинен сайланған депутат Қ.Жалиевлар усы жылдың өткен 6 айында әмелге асырылған депутатлық жумыслары бойынша сайлаўшыларына есабатын берди. 

Ушырасыў даўамында, жаңадан қабыл етилген пәрман, қарарлардың мазмун-мәниси ҳәм әҳмийети ҳаққында аймақ турғынларына үгит-нәсият
жумыслары алып барылды.
 

Сондай-ақ, пуқаралардың мүрәжатлары тыңланып,
депутатлық қадағалаўға алынды.
  

Slide 1 of 1