Янгиликлар

Сўнги янгиликлар

янв.21
“Deputat muvaffaqiyati”
янв.21
Strategik rivojlanish rejalari deputatlar ishtirokida muhokama qilindi
янв.21
Doimiy komissiya faoliyati: “Besh muhim tashabbus olimpiadasi” uchun ajratilayotgan mablag‘lar muhokama qilindi
янв.21
Doimiy komissiya faoliyati : Deputatlar tomonidan “Tashabbusli budjet” g‘olib loyihalar tasdiqlandi
янв.21
Deputat so‘rovi: Aholi murojaati e’tiborda
янв.21
Deputat so‘rovi: Zartepada suv isrofi oldi olinadi
янв.21
Deputat so‘rovi: “Qorayog‘och” mahallasi tibbiyot punkti faoliyati nazoratga olindi
янв.21
Xalq bilan muloqot — muammolar yechimi yo‘lida
янв.21
Deputat nazorati: Muammolar hal etilmoqda
янв.21
Deputat xalq ichida: Muammolar joyida o‘rganilmoqda
Мүнәсибет

1-ноябрь күнги Ташкент қаласында Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының он биринши жалпы мәжилисиниң екинши жумыс күнинде “Жасалма
интеллектти қолланыў арқалы жүзеге келетуғын қатнасықларды тәртипке салыў мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине қосымшалар ҳәм өзгерислер киргизиў ҳаққында”ғы Нызамды көрип шығыўдан басланған еди.
Атап өтилгениндей, елимизде жасалма интеллект технологияларын енгизиў ҳәм қолланыў, санлы мағлыўматлардан пайдаланыў имканиятын ҳәм олардың сапасы жоқары дәрежеде болыўын тәмийинлеў,
бул тараўда маман кадрлар таярлаў бойынша кең көлемли жумыслар әмелге.асырылып атырғанлығы, жасалма интеллект технологияларынан
пайдаланыў ҳәм оны қаржыландырыў көлеми артып баратырғанлығы атап көрсетпекте делинген. Бул нызам менен тийисли нызам ҳүжжетлерине, соның ишинде,
“Мәлимлемелестириў ҳаққында”ғы Нызамға жасалма интеллектти қолланыў арқалы жүзеге келетуғын қатнасықларды тәртипке салыўшы өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилгенлиги, атап айтқанда, “жасалма интеллект” түсинигине ҳуқықый тәрийп берилмекте, бул тараўдағы мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдарлары ҳәм арнаўлы ўәкилликли уйымның ўазыйпалары белгиленбекте, мәлимлеме ресурсларын жаратыўда ҳәм мәлимлеме системаларының жумысында жасалма интеллекттен пайдаланыўдың улыўма қағыйдалары ҳәм усы технологиялардан пайдаланыўда шахсқа байланыслы мағлыўматлардың қол қатылмаслығын тәмийинлеўге қаратылған қағыйдалар белгиленген.

Сенаторлардың пикиринше, бул Нызам жасалма интеллект технологияларын буннан былай да раўажландырыўға, оннан пайдаланыўдың улыўмалық тийкарларын белгилеўге және бул тараўда жүзеге келетуғын қатнасықларда пуқаралардың ҳуқықлары менен еркинликлерин буннан былай да исенимли қорғаўға хызмет ететуғынлығын атап өтилди. Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды. Әлбетте бул нызамға киргизилген өзгерислер өз нәтийжесин
береди.

13-«Порлытаў» сайлаў округи депутаты К.Бисенов