Янгиликлар

Сўнги янгиликлар

янв.21
“Deputat muvaffaqiyati”
янв.21
Strategik rivojlanish rejalari deputatlar ishtirokida muhokama qilindi
янв.21
Doimiy komissiya faoliyati: “Besh muhim tashabbus olimpiadasi” uchun ajratilayotgan mablag‘lar muhokama qilindi
янв.21
Doimiy komissiya faoliyati : Deputatlar tomonidan “Tashabbusli budjet” g‘olib loyihalar tasdiqlandi
янв.21
Deputat so‘rovi: Aholi murojaati e’tiborda
янв.21
Deputat so‘rovi: Zartepada suv isrofi oldi olinadi
янв.21
Deputat so‘rovi: “Qorayog‘och” mahallasi tibbiyot punkti faoliyati nazoratga olindi
янв.21
Xalq bilan muloqot — muammolar yechimi yo‘lida
янв.21
Deputat nazorati: Muammolar hal etilmoqda
янв.21
Deputat xalq ichida: Muammolar joyida o‘rganilmoqda
Тахтакөпир районы «Ғәрезсизлик» МПЖда «Мәҳәлле жетилиги» халық пенен ушырасты.

«Ғәрезсизлик» мәкан пуқаралар жыйынында Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң «Мәҳәллелер жумысларын тәртипке салыўға байланыслы норматив-ҳуқықый ҳүжжетлерди тастыйықлаў ҳаққында»ғы 334-санлы қарары тийкарында «Мәҳәлле жетилиги» халық пенен ушырасып, 2025-жылдың үшинши шерегинде аймақты социал-экономикалық раўажландырыў, камбағаллықты қысқартыў ҳәм жумыссыз пуқаралардың бәнтлигин тәмийинлеў, көшелерди абаданластырыў бойынша әмелге асырылған жумыслар бойынша есабат берди.

Есабат бериў жыйналысында Өзбекстан Халық демократиялық партиясы, Тахтакөпир районлық Кеңес депутаты Қ.Жалиев, Айырықша жағдайлар басқармасы Тахтакөпир районлық бөлими баслығы Д.Аллабергановлар қатнасты.

Ушырасыў даўамында Айырықша жағдайлар басқармасы Тахтакөпир районлық бөлими баслығы Д.Аллаберганов ҳәм районлық газ тармақлары кәрханасы қәнигелери тәрепинен гүзги-қысқы мәўсимди шығынсыз өткериў мақсетинде үйлердеги жылытыў қазанларын ҳәм морыларын көриктен өткериў, газ плиталарынан пайдаланыў тәртибине қатаң әмел қылыў бойынша түсиник жумыслары алып барылды.

Ушырасыў соңында «Мәҳәлле жетилиги» тәрепинен сайлаўшылардың мүрәжатлери ҳәм пикир-усыныслары тыңланды.

Slide 1 of 1