Қарақалпақстан Республикасын социаллық-экономикалық раўажландырыў мəселеси мəмлекетимиздеги регионаллық теңликти тəмийинлеў, халық пəраўанлығын асырыў ҳəм экономикалық турақлылыққа ерисиўде зəрүрли əҳмийетке ийе болады. Сол көзқарастан, ПҚ-248-санлы қарар ўақытында қабыл етилген, стратегиялық əҳмийетке ийе ҳүжжет ретинде баҳаланады.
Халық демократиялық партиясы депутаты сыпатында усы қарарда белгиленген илажларды қоллап-қуўатлайман, себеби олар:
- Қарақалпақстан халқының бәнтлигин тәмийинлеў;
- Жумыс орынларын жаратыў ;
- Социаллық инфраструктураны жақсылаў ;
- Медицина, билимлендириў ҳəм үй-жай мəселелериндеги машқалаларды шешиў;
сыяқлы үстин туратуғын ўазыйпаларды қамтып алған.
Усының менен бирге, қарардың натийжелилигин тəмийинлеў ушын төмендегилерди усыныс етемен:
1. Қадағалаў механизмлерин күшейтиў - қарарда белгиленген илажлардың əмелге асырылыўы туўралы ашық ҳəм əшкара жəмийетшилик қадағалаўы енгизилиўи зəрүр.
2. Жергиликли басламаларды хошаметлеў - жергиликли халықтың мүтәжлик ҳəм усыныслары тийкарында жойбарларды əмелге асырыў нəтийжелилиликти асырады.
3. Социаллық әззи қатламларды қоллап-қуўатлаў - майыплығы бар шахслар, жалғыз ғаррылар ҳəм кем тəмийинленген шаңарақлар ушын арнаўлы программалар ислеп шығылыўы керек.
Жуўмақ етип айтқанда, ПҚ-248 қарар социаллық теңликти тəмийинлеў ҳəм Қарақалпақстан Республикасын турақлы раўажландырыўда зəрүрли басқыш болып, халық демократиялық партиясы бул процессте актив қатнасыўға тайын.