Янгиликлар

"САЛАМАТ ШАҢАРАҚ - САЛАМАТ ЖӘМИЙЕТ" АТАМАСЫНДА ДӨГЕРЕК СӘЎБЕТЛЕСИЎ

"САЛАМАТ ШАҢАРАҚ - САЛАМАТ ЖӘМИЙЕТ" АТАМАСЫНДА ДӨГЕРЕК СӘЎБЕТЛЕСИЎ

♻️ Өзбекстан Халық демократиялық партиясы Мойнақ районлық кеңеси тәрепинен "Бозатаў" аўыл пуқаралар жыйыны аймағында жайласқан 32-санлы шаңарақлық поликлиникада "Саламат шаңарақ - саламат жәмийет" атамасында дөгерек сәўбети өткерилди.

🔰Илажда Халық депутатлары Мойнақ районлық Кеңесиниң депутаты, ӨзХДП депутатлық топарының ағзасы К.Насырова, "Бозатаў" аўыл пуқаралар жыйыны жуўапкерлери, сол аймақтағы 32-санлы шаңарақлық поликлиника шыпакерлери ҳәм аймақ турғынлары қатнасты.

✅ Дөгерек сәўбети шеңберинде ерте ҳәм туўысқанлар арасындағы некелердиң алдын алыў, туўыўлар арасындағы оптимал аралыққа әмел етиў, нәсиллик кеселликлердиң профилактикасы әҳмийетли екенлиги халық арасында кең түрде түсиндирилди.

Slide 1 of 1