Yangiliklar

So‘ngi yangiliklar

"Камбагаллыктан-абаданлыкка карай" багдарламасы.

Тахтакөпирде "Кәмбағаллықтан абаданлыққа қарай" бағдарламасы орынланыўы үйренилди 

♻️ Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиндеги ӨзХДП фракциясының Ис режесинде белгиленген “Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2024-жыл 23-сентябрьдеги ПП-143-санлы Пәрманы ҳәм ПП-330-санлы “Кәмбағаллықтан абаданлыққа қарай” бағдарламасын әмелге асырыў бойынша биринши гезектеги илажлар ҳаққында”ғы қарарының Тахтакөпир районындаға орынланыўын үйренилди

📌 Дәслеп, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиндеги партия фракциясы ҳәм Халық депутатлары Тахтакөпир районлық Кеңесиндеги партия топарының ағзаларынан ибарат Исши топары ағзалары Тахтакөпир районы “Дәўқара” аўыл пуқаралар жыйынындағы мәҳәлле жетилиги менен "Кәмбағаллықтан абаданлыққа қарай" бағдарламасының орынланыўы бойынша сәўбетлести. Онда кәмбағаллықтан шығарыў мәселелери додаланып, усыныслар алынды. Буннан соң Исши топар ағзалары бағдарламаның орынланыўын орнына барып үйрениў мақсетинде шаңарақларға барды.

✅ Исши топар ағзалары Тахтакөпир районы “Дәўқара” мәкан пуқаралар жыйыны аймағында жасаўшы Еркинбай Қайповтың шаңарағында болып, бағдарлама шеңберинде 30 миллион сўм муғдарында кредит есабынан ыссыханада қурып бүгинги күнде помидор нәллерин жетистирип келмекте. 

✅ Соның менен бирге, пуқара Умитбек Матирзаев 30 миллион сўм кредит есабынан бүгинги күнде балықшылық пенен шуғылланып 2 адамды жумыс пенен тәмийинлеген.

♻️ Буннан соң, үйрениў нәтийжелери бойынша Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиндеги ӨзХДП фракциясы ҳәм Халық депутатлары Тахтакөпир районлық Кеңесиндеги партия топарының қоспа мәжилиси болып өтти. 

📌 Мәжилисти Өзбекстан ХДП Қарақалпақстан Республикалық Кеңесиниң баслығы, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиндеги партия фракциясының басшысы Халилла Ешимбетов ашып берди ҳәм алып барды.

➡️ Күн тәртибиндеги мәселе бойынша Халық депутатлары Тахтакөпир районлық Кеңесиндеги Өзбекстан ХДП депутатлық топарының басшысы Қ.Жалиев шығып сөйлеп, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2024-жыл 23-сентябрьдеги ПП-143-санлы Пәрманы ҳәм ПҚ-330-санлы "Кәмбағаллықтан абаданлыққа қарай" бағдарламасын әмелге асырыў бойынша биринши гезектеги илажлар ҳаққында"ғы қарарының Тахтакөпир районында орынланыўын депутатлық қадағалаў сыпатында үйрениўлердиң жуўмағы бойынша мағлыўмат берди.

✅ Атап айтқанда, Тахтакөпир районында 2025-жыл “Кәмбағаллықтан абаданлыққа қарай” бағдарламасы шеңберинде ең аўыр жағдайдағы “Жаңадәрья”, “Даўқара”, “Қоңыраткөл”, “Мүлик” аўыл пуқаралар жыйыны ҳәм “Қаратерең” мәкан пуқаралар жыйыны таңлап алынып, усы мәҳәллелерде қыйтақ жерлерди суўғарыўды жақсылаў ҳәм электр энергиясының турақлы жеткерип берилиўин тәмийинлеў мақсетинде ҳәр бир мәҳәлле ушын 2 млрд 950 млн.сўм улыўма 5 мәҳәллеге жәми 14 млрд. 750 млн.сўм қаржы ажратыў белгиленген болып, нәтийжеде 1417 шаңарақтың 408 гектар қыйтақ жерлериниң суў тәмийнаты жақсыланады. 

✅ 2025-жыл басынан бүгинги күнге шекем районда шаңарақлық исбилерменликти раўажландырыў бағдарламасы тийкарында 2 353 млрд.сўм, “Бизнеске биринши қәдем” бағдарламалары тийкарында 2 пуқараға 34 миллион сўм жеңиллетилген кредит ажыратылған.

✅ Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2024-жыл 18-январдағы “Аўыл хожалығына мөлшерленген жер участкаларын ижараға бериў тәртибин жетилистириў бойынша қосымша илажлар ҳаққында”ғы ПП-15-санлы пәрманына тийкар Тахтакөпир районында 2024-жылда мәҳәллелердеги ҳәким жәрдемшилери ҳәм жаслар жетекшилери тәрепинен 232 жумыссыз пуқараларға 200 гектар егислик майданлары узақ мүддетли ижараға берилген ҳәм олардың бәнтлиги тәмийинленген.

📌 Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиндеги Өзбекстан ХДП фракциясының ағзасы А.Аллиярова ҳәм Халық депутатлары Тахтакөпир районлық Кеңесиндеги Өзбекстан ХДП депутатлық топары ағзалары Қ.Жалиев, В.Даўлетярова, Т.Жусиповлар сөзге шығып, үйрениўлер жуўмағы бойынша баян етилген мағлыўматлардан келип шығып тийисли тараў ўәкиллерине сораўлар берди ҳәм өзлериниң пикирлерин билдирди. 

✅ Мәжлис күн тәртибиндеги мәселе бойынша тийисли қарар қабыл етилди.

Slide 1 of 1