Мүнәсибет.
«Биз пуқаралар барлық түрдеги
билимлендириў мәкемелеринде сыпатлы мектепке шекемги, орта, жоқары билим алыў,
сондай-ақ, кәсиплик билим алыў, қәнигелигин арттырыў ушын тең имканиятлар
жаратыўға ериспекшимиз»
Өзбекстан ХДП Сайлаўалды
бағдарламасы, 10-қәдем.
Өзбекстан Республикасы Президенти
Ш.М.Мирзиёев тәрепинен 2025-жыл 15-май күни билимлендириў тараўын
раўажландырыўға байланыслы өткерилген видеоселектор мәжилисинде тараўдағы
жетискенликлер менен бирге бир қанша кемшиликлерге де тоқтап өтилди.
Президент өз сөзинде ақырғы 7 жылда
мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи тараўы ушын қаржылардың 7 есе
артыўы, сондай-ақ, усы жылда тараўға 60
триллион қаржы ажыратылғанлығы, билимлендириў бағдардамалары ең алдыңғы
тәжирийбелерге сайкеслендирилип атырғанлығы, сабақлықлардың жаңаланыўы,
мектеплердиң заманагөй әсбап-үскенелер менен тәмийинлениўин атап өтиў менен
бирге тараўдағы кемшиликлерге тоқтап өтти.
Атап айтқанда:
- билимлендириў тараўындағы
мүғәллимлердиң жаңа методикаларды өзлестириўи, билимлендириў сыпатын тәмийинлеў
қай дәрежеде екенлиги саўал астында екенлиги;
-еки жыл алдын категория бериў
санластырыў платформасы арқалы әмелге асырылыўы нәтийжесинде оқытыўшылардың
билим дәрежесиниң ҳақыйқый аўҳалын көрсеткенлиги, яғный өткен жылы 341 мың
оқытыўшыдан 102 мың оқытыўшы имтиханнан өте алмай қалғанлығы;
-жаңа система арқалы имтихан тапсырған 13 мың талабаннан 6 мың талабан билими қанаатландырарсыз болғанлығы
себепли жумысқа кире алмағанлығы сынға алынды.
Сондай-ақ,президент мәжилисте 7-11-класс
оқыўшыларының күниге 8 саатқа шекем ўақытларын
социаллық тармақларда өткерип атырғанлығы мектеп директоры, мүғәллимлерди ҳәм
ата-аналарды ойландырыўы лазым екенлигин атап өтти.
Жоқарыда атап өтилген кемшиликлерден
келип шығып президент «Билимлендириўде сыпат болыўы ушын ең дәслеп педагогларды
таярлаў ҳәм билимин жетилистириў системасы буған таяр болыў керек»лигин, «Жасларымыздың
жүдә талантлы екенлигин, оларды системалы түрде кәсипке бағдарлап, жоқары оқыў
орнын таңлаўда көмеклесип, мақсетли таярлаўды жолға қойсақ, көрсеткишлеримиз
есесине асатуғынлығына» исеним билдирди.
Соның менен бирге президент жасларды «Мениң
мәҳәллем-мениң мақтанышым» жойбары
шеңберинде жасларды волонтёрлыққа тартыў
бойынша усыныс берди.
Мәжилисте президент мектепке шекемги ҳәм
мектеп билимлендириўи системасын «Айырықша тоқсан күнлик» тәртипте ислеў бойынша тапсырма берди.
Президентимиз тәрепинен билимлендириў
тараўындағы кемшиликлер мектеплерде ҳақыйқаттан да ушырасып атырғанлығы районлық
кеңес депутатлары тәрепинен анықланып, оларды унамлы шешиў мәселеси районлық
Кеңестиң сессия мәжилислерине усынылмақта.
Өзбекстан ХДП жасларға сыпатлы билим
бериў, кәсипке таярлаў жумысларын
жетилистириўде өзиниң сайлаўалды бағдарламасынан келип шығып, президентимиз
тәрепинен бул тараўдағы жумысларды «Айырықша тоқсан күнлик» тәртипте ислеў бойынша тапсырмасын қоллап-қуўатлайды.
Халық
депутатлары Тахтакөпир
районлық
Кеңеси депутаты А.Қ.Жалиев