ТАХТАКӨПИР РАЙОНЫНДА ҮЙРЕНИЎ ЖУМЫСЛАРЫ АЛЫП БАРЫЛДЫ.
Өзбекстан ХДП Орайлық Кеңеси, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасындағы партия фракциясы ағзалары, Қарақалпақстан Республикасы Жоқары Кеңесиндеги партия фракциясы, Халық депутатлары Тахтакөпир районлық Кеңесиндеги партиямыз топары ағзалары тәрепинен Тахтакөпир районында социал-экономикалық раўажланыўлар ҳәм олардың нәтийжелери менен байланыслы әмелге асырылып атырған жумыслар үйренилмекте.
Өзбекстан ХДП Орайлық Кеңеси басқарма баслығы Ф.Элмуродов, Өзбекстан ХДП Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси бөлим баслығы Р.Алламбергенов, Өзбекстан ХДП Тахтакөпир районлық Кеңеси баслығы, Халық депутатлары Тахтакөпир районлық Кеңес депутаты Қ.Жалиев ҳәм партия топары ағзалары райондағы «Атакөл» аўыл пуқаралар жыйыны мәҳәлле жетилиги ҳәмде белсендилер менен ушырасып, олардың жумыслары, сондай-ақ, аймақтағы машқалалар ҳәм оларды унамлы шешиў бойынша саўбетлесиў өткерди.