Өзбекстан-Беларусь исбилермен ҳаял-қызларының бизнес форумы шенберинде “Өзбекстан – Беларусь билимлендириў ҳәм ден саўлықты сақлаў тараўларында еки тәреплеме бирге ислесиў перспективалары” темасында секция шөлкемлестирип, онда өз-ара бирге ислесиў технологиялық раўажландырыўда илимниң орны, фармацевтика санаатының
перспективалары, аналар ҳәм балалар саламатлығы, сондай-ақ медицина тараўы ушын кадрлар таярлаў мәселелерине айрықша итибар қаратылған еди.
Билимлендириў бағдарламасының, тәжирийбе алмасыў, улыўма билимлер мәканын қәлиплестириў, әсересе ҳаял-қызлардың илимдеги орны, халықаралық жойбарлардағы қатнасын кеңейтириў зәрүрлигине итибар қаратылғанлығы еки мәмлекет ортасындағы бирге ислесиў ҳәм өз-ара қарым-қатнасықларды беккемлеўге инвестиция жойбарларын
киргизиў арқалы исбилерменликти раўажландириўда, ҳаял-қызлардың исбилерменлик жумысларын жолға қойыў арқалы жаңа жумыс орынларын жаратыўда, “Камбағаллықтан-параўанлыққа қарай” сүрени тийкарында хызмет етип ҳәм мәмлекетимиздың сырт-ел тәжирийбесинен келип шығып, еле раўажландырыў жаңа басқышларына ерисиўде өз нәтийжесин береди деп исенемиз.
6-Андижан сайлаў округинен депутат Бердахов Шарибай Абенович